Янгиликлар Нәшебентлик затларын шегиў мақсетинде сақлап киятырған пуқараға суд тәрепинен жаза тайынланды 24.12.2020209 views0 Share By Kar24.uz Share Пуқара А.К., 2020 жылы 16-июнь күни саат 15:00лерде Хорезм ўәлаяты Хазорасп районы “Бешта село” АПЖ аймағында жасаўшы О.И.тан 2 бөлек целлофан пакетлердеги 2 грамм аўырлыққа есапланған “Опий” нәшебентлик затларын ҳәр бир граммын 400.000 сўмға сатып алыўға келисип, сол ўақыттыӊ өзинде өзи шегиў мақсетинде жәми 800.000 сўмға ӊәшебентлик затларын сатып алып, усы сатып алған “Опий” нәшебентлик затларын шырпы қутысына салып, шырпы қутысыныӊ сыртын скотч пенен орап, өзиниӊ басқарыўындағы “ИСУЗУ” маркалы жүк автомашина салоныныӊ сигарета күлин таслайтуғын орнына салып, автомашинаны Нөкис каласына карай басқарып киятырып, “Гузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолыныӊ 754-километринде жайласқан “Бес төбе” жол патруль хызметкерлери мәскәни қасына келгенде, ҳукық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен автомашина иркилип, көзден өткерилгенде, автомашина салоныныӊ сигарета күлин салатуғын орыннан шырпы қутысына салынып, сырты скотч бөлеги менен оралған ҳалында турған “опий” нәшебентлик затларын өзи шегиў мақсетинде сақлап киятырғанлығы анықланған. Өткерилген суд-химиялық экспертизаның 2020-жыл 17-июнь күнги 887-санлы жуўмағына көре, шырпы қутысындағы целлофан пакет бөлеклерине оралып салынған объектлердиӊ қурамында опий топарына тийисли болған алколоидлар морфин, кодеин ҳәм тебаинлер болып, оның жәми таза салмағы 0,83 грамм, азғанадан көбирек муғдардағы опий нәшебентлик заты екенлиги көрсетилген. Солай етип, А.К. өзиниң жоқарыдағы ис ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы ЖКниң 276-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыпланып, судланыўшы А.К.қа жаза тайынлағанда, оның шахсын ҳәм ислеген жынаятының жәмийетлик қәўиплилик дәрежесин есапқа алып, өзиниң айыбын толығы менен мойынлап, ислеген исинен шын кеўилден пушайман болғанлығын, семьялы екенлигин оның айыбының жеңиллестириўши жағдайлары деп, ал жынаятты ислегенде айыбының аўырластырыўшы ҳалатлар жоқ деп таўып, оған Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 276-статьясы 1-бөлими санкциясы шеңберинде мәжбүрий жәмийетлик жумыслар жазасы тайынланған. Жынаят ислери бойынша Нөкисқаласы судының судья жәрдемшиси К.Салиева Share
Янгиликлар Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы ескертеди: автомашинада себепсиз ҳәрекет етпе, алыс аймақларға ҳәрекетленбе… By Kar24.uz3 минуты ago
Янгиликлар Рәсмий: Жыйналысқа “Қарақалпақстан муғаллими” газетасының редакторы киргизилмегени рас па? By Kar24.uz3 часа ago
Дыққат! Нөкисте бир қатар автовокзаллар жабылады: “Нөкис автовокзалы”, “Нөкис арқа-батыс транс автовокзалы” хәм “Жийдели байсын (Саранша) автовокзалы”… Kar24.uz3 часа ago Янгиликлар
Нөкисте принтерден қәлбеки пул шығарып, пайдаланыўға киргизген пуқара усланды Kar24.uz7 часов ago Янгиликлар
“Мағлыўмат бермейтуғын болдық” яки Шымбай ҳәкиминиң жаңа хызмет автомашинасы мәмлекетлик сыр ма яки…?
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы ескертеди: автомашинада себепсиз ҳәрекет етпе, алыс аймақларға ҳәрекетленбе…
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы ескертеди: автомашинада себепсиз ҳәрекет етпе, алыс аймақларға ҳәрекетленбе…
Дыққат! Нөкисте бир қатар автовокзаллар жабылады: “Нөкис автовокзалы”, “Нөкис арқа-батыс транс автовокзалы” хәм “Жийдели байсын (Саранша) автовокзалы”…