
Алдын хабар бергенимиздей, бүгин Ташкент қаласындағы «Ҳумо Арена»да Өзбекстан жаслары форумы болып өтпекте.
Форумда Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев қатнаспақта.
Форумда Президент төмендегилерди айтып өтти:
- Жаслар тәрепинен алға сүрилип атырған жаңа идеяларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ушын 100 миллион доллар қаржыға ийе өз алдына фонд шөлкемлестириледи;
- Келеси жылы микрокредитлер ушын 45 миллион доллар ажыратылады;
- Исбилерменликти енди баслап атырған жаслар ушын «Жаслық» киши санаат зоналары шөлкемлестириледи;
- Келеси жылы 500 мың жас әўлад ўәкиллери ушын жаңа жумыс орынлары жаратылады;
- Жаслар машқалалары, әсиресе, басшылар менен тиккелей пикирлесиў орнатылатуғын «Жаслар мүрәжаты» платформасы жаратылады;
- 300 мың жас «IT» орайларында бийпул оқытылады;
- 2021-жылдан баслап жоқары оқыў орынларына кириўде ең жоқары балл топлаған жаслар ушын Президент грантлары шөлкемлестириледи;
- Магистратура ҳәм докторантура ушын берилетуғын Президент стипендиялары муғдары еки есеге көбейтиледи;
- Жаңа Ренессанстың символы сыпатында Ташкентте заманагөй китапхана қурылады;
- 2025-жылы Ташкентте Азия ойынлары өткериледи. Оған шекем аймақларда ҳәкимлер кубогы жарыслары өткериледи.
Өзбекстан жаслары форумы даўам етпекте.
Ислам Матеков таярлады.