Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри жумыстан кетти ме?
13-январь күни Өзбекстандағы бир қатар министрликлерде лаўазым өзгерислери болды. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Аўыл хожалығы, Суў хожалығы министри орынбаслары жумыстан босатылды. Сондай-ақ, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Мажидовтың да лаўазымын тәрк еткенлиги ҳаққындағы хабарлар тарқалды. Министрлик Мәлимлеме хызмети бул хабарды тийкарлаў ушын дәлил жоқлығы, егер хабар болса мәлим ететуғынлығын билдирди.